Get Mystery Box with random crypto!

Елена Панина БРИКС САММИТИ НЕ БЕРЕДИ? БРИКС шөлкеми, ағзасы м | БУРХАНОВ Телеграм

Елена Панина
БРИКС САММИТИ НЕ БЕРЕДИ?

БРИКС шөлкеми, ағзасы мәмлекетлери пайтахтларында(Бразилия, Россия, Индия, Қытай ҳәм ЮАР) саммитке таярлық ислери басланып кетти. Саммит быйыл, жаз айларында Қытайдың Гуанчжоу қаласында өткерилиўи көзде тутылған. ҚХР басшысы Си Цзиньпин айтқанындай, "15 жыл даўамында шөлкем стратегиялық исенимди ҳәм коммуникацияларды арттырды."

Көплеген политиклердиң айтып өтиўинше, саммит майданшасы ҳәзирги геополитика фонының тез өзгериўине байланыслы, айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Барлық БРИКС ағзаларының алдында тарийхий жаңа политикалық шешимлер қабыллаў, халықаралық қатынасықлар стратегиясын раўажландырыў жолларын таңлаў, белгилеў ўазыйпалары тур.

"Усы факторларды есапқа алсақ," деп жазады Британия газетасы The Telegraph, - "БРИКС 14 - саммити, тарийхий әҳмийетке ийе, себеби ол глобалластырыў ,дәўириниң өткенин билдирип, дунияның бир-бирименен конкурент болған,(политикада, экономикада, ҳәттеки, мүмкин әскерий блокларғада) бөлеклерге бөлиниўине алып келиўи мүмкин. Олар өзара өзлериниң тәсир майданын бөлисиўге кирисип кетиўи де мүмкин."

Қытай саммитиниң күн тәртиби еле анықланыў үстинде, бирақ ең бир нәзик дуния раўажланыўына тийисли мәселелердиң қаралатыны анық.Бул нәрсе, өзинен өзи, 5 мәмлекеттиң - саммит ағзаларының, шөлкемниң беккемлигин, бир-бирине исенимин, жыйнаған тәжрийбелерин қатаң сыннан өткереди.
Сол ушында Пекин саммитке бесликтиң ең жоқарғы лидерлериниң қатынасыўын тәмийнлеўге күш салады. Саммит бурыннан қәлиплескен форматта өтиўи оғада әҳмийетке ийе.

Қытай саммит хожайыны сыпатында, БРИКС+ концепциясы бойынша, саммитке бирқатар раўажланып киятырған мәмлекетлер ўәкиллерин шақырыў ҳуқықына ийе. Ҳәзир қыйын, қайсы мәмлекетлер мирәт етилиўин айтыў. Бирақ "Бир пояс, бир жол" проектиндеги мәмлекетлерди мирәт етеди деп қарасақ болады, олар кейиншелик, Жаңа раўажланыў Банкиниң қурамына да кириўге кандидат болады.

Бул тегиннен емес, себеби быйыл Жаңа раўажланыў Банкиниң стратегиялық жаңаланыў мерзими питип атыр. Ал Қытай бас жөнелис деп, өндирис революциясы саласындагы инновацияны есаплайды.Қытай және бирқатар шешиўши инициативаларды көтерип шығады, ҳәм олар бирге ислесиўге жаңа импульслар береди.Барлық ҳәрекетлер бирге ислесиўде анық результатларға ерисиўге қаратылған болады Батыс пенен қатынаслар шийеленисип атырған жағдайда басқаша болыўы да мүмкин емес. Усы бағдарда 100 тәдбир өткериледи ҳәм бул тәдбирлер 30 ҳәртүрли сфераны өз ишине алады.

Саммитте әлбетте Украинадағы кризис ҳәм оның геополитикада тектоник жылысыўды алып келгени талқыланады. Келешек альянсларының силуэтлери, геополитика картасында Батыс Россияны SWIFT системасынан өширгели, көринип, анықланып киятыр.
Қытай Union Pay cистемасы Россияға жәрдем қолын созғанын айтып өтиўимиз керек.

Солай етип БРИКС Қытай саммитинде жаңа төлем системаларын қурыў, өзлериниң рейтинг агентликлерин қурыў, қулласы, Батыстан ғәрезсиз финанс инфраструктурасын қурыў бойынша мәселелер көриледи. 15 жылдың ишинде биринши рет БРИКС ағзалары саўда экономика мәселелери менен шекленбестен, дуния финанс мәселелерин талқылаўға өтеди. Ҳәм дуния финанс мәселелери( Батыстың меншиклеп алған зонасы) бойынша бир позицияда ҳәрекет етиў, БМШ реформасын көрип шығыўға шекемги мәселери де ортаға қойылады.

БРИКС - дуниядағы бир пикирли мәмлекетлер блогы сыпатында өз ҳәрекетин даўам етеди, ҳәм де, глобаль басқарыў системасын жақсылаў бойынша, дуния проблемаларын ортаға көтерип шығады.

Орысшадан аўдарған
М.Бурханов