Get Mystery Box with random crypto!

Армения желқомларын америка шамалы ҳәрекетке келтире ме? Арме | БУРХАНОВ Телеграм

Армения желқомларын америка шамалы ҳәрекетке келтире ме?

Армения сыртқы ислери министри Арарат Мирзоян, ресмий визит пенен АҚШ та болып тур.Және ол, АҚШ мәмлекетлик секретары Энтони Блинкен менен ҳәм оның орынбасары Виктория Нуландлар менен ушырасып,
келиссөзлер алып барды, тәреплер Кавказ арты, Таўлы Қарабағ ситуацияларын қызғын талқылап, ОБСЕ Минск топарының жумысын қайта тиклеў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Ҳәзир Минск топары иси Франция ҳәм АҚШ позицияларының туўры келмеслиги себеп, жүрмей қалған.

Мирзоянның Америкада еле америка-армян стратегиялық диалоги форматында, "Атлантика бирге ислесиў" форумында да жоқарғы лаўазымдағы АҚШ конгресси ўәкиллери менен ушырасыўлары болады.Сондай екен, Мирзоянның бул океан арты визити жүдә айрықша деп айтылып атыр.
Себеби, мине 10 жыл толайын деп тур, еки ел дипломатиясының басшылары усы ўақытқа шекем келиссөзлерди белгили бир халықаралық форматларға байланыстырмаған ҳалда өткерген, ямаса тек ғана Қарабағ конфликтине байналыстырылған.

Енди гәп бунда емес, АҚШ мәмлекетлик департаментиниң ресмий ўәкили Нед Прайстың мәлим еткениндей, АҚШ ҳәм Армения қарым қатынасы "стратегиялық диалогқа" қарап бармақта.

Кейинги ўақытлары армян-америка қатынасығында белгили бир кризис гүзетилген еди. Армения премьер-министри Николь Пашинян бирнеше рет Россия президенти Владимир Путин менен ушырасқан болса да, Америка президенти Байден тәрепинен бир рет ҳәм қабылланбады.
Ал, 2018ж майда Пашинян ҳүкимет басына келгенде, демократиялық өзгерислерди әмелге асырыўға таярман деп, даўысы қатты жаңлаған болса да, америка итибар қаратпады. Пашинян Американы Армения "революциясынан" кейин жәрдем бермегенликте туўрыдан-туўры айыплай баслады. Ҳәттеки, екинши Қарабағ урысында да америкалылар өзлерин пассив тутты. Нәтийжеде 2020 ж. 9 ноябрде тынышлық келисимине үшлик Россия-Азербайджан-Армения, форматында қол қойылды.

Усылардан кейин, Вашингтон Франция менен биргеликте инициативаны регионда, Минск топары форматында, қайта қолға алыўға таяр екенин мәлимлеген еди. Бирақ бул ислери нәтийже бермеди. Мирзоянның визити соны көрсетип тур: енди АҚШ Армения менен регионда, еки тәреп ушын "айрықша типтеги" қатынасық қурыўға ҳәрекет етпекши.

Бундай жаңа политиканың Украина кризисине туўры келиўи тегиннен емес , әлбетте. Кавказ арты регионында Россияның тәсирин жоққа шығарып, геополитикалық жағдайын өзгерткиси келетинин АҚШ жасырып отырған жоқ.
Тап усы мақсетлери ушын Вашингтон Ереван менен контактларын туўрыдан-туўры әмелге асырып оны стратегиялық деңгейге жеткермекши.

Вашингтон және бир манёвр қылмақшы, Ол турк-армян қатынасының регулировка процессин өз контролына алмақшы. Америка армян жәмийетшилигиниң турклерден қәўетерлениў деңгейин төмен түсирип, Арменияның Россия менен дүзген стратегиялық аўқам шәртнамасын қайта қаралыўына ериспекши.

Мине, бул рамкаларда АҚШ өзиниң "айрықша қатынасын" Ереван менен даўам етип, оған жаңа дипломатиялық инициативаларын көрсете бериўи мүмкин. Ал Ереванға келсек ол, Россия менен Батыс конфронтация болып турған бир пайытта, дипломатияның тайғақ, қәуипли жолына түскенлигиниң гүўасы боламыз.
орысшадан аўдарған
М.Бурханов